Раҳимов Хушбоқти «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Көп жыллық нәтийжели көркем-дөретиўшилик жумысы менен заманагөй әдебиятымызды ўатансүйиўшилик, пидайылық, адамгершиликти жырлаўшы шығармалар менен байытыў, халқымыздың ой-өрисин, руўхый потенциалын жоқарылатыў, перзентлеримизди Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға қосқан мүнәсип үлеси, елимиздеги түпкиликли реформалардың мәнисин жәмийетшиликке жеткериў, жәмийетте миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында өз-ара татыўлық, мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, миллий мәдениятлар ҳәм дәстүрлерди раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын шайыр, руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысы Раҳимов Хушбоқ «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ