Президент: киши бизнести қоллап-қуўатлаў буннан кейин де мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бири болып қалады

273

Елимизде киши ҳәм орта бизнес жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки, қосымша қун ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдарға айланды.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыўында атап өтилди.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, жаратылған шараятлар есабынан киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны бес жылда 2 есеге көбейди. Оларда 10,5 миллион адам дәрамат таўып, хожалық бақпақта.

Экономиканың ярымынан көбиси, санаат ҳәм көргизбениң үштен бири  усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте.

– Бир ҳақыйқатты жақсы түсинип алыў керек. Ҳәр қандай табыслы ири бизнеске ерисиў, бәринен бурын, киши идея ҳәм ҳәрекеттен басланады.

Өзгерислерге тез бейимлесетуғын, жаңалық ҳәм бәсекиден қорықпайтуғын, әҳмийетлиси, адамларды жумыслы етип, дәраматын көбейтиўде ең белсене тараў да бул – киши бизнес.

Соның ушын, киши бизнести қоллап-қуўатлаў буннан кейин де мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады,-деди Президент.

ӨзА