Санлы экономика тараўында бирге ислесиў жолға қойылады
206

«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң ҳүкиметлери арасында санлы экономика тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Келисимге 2024-жыл 6-ноябрь күни Бишкек қаласында қол қойылған.
Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги бул халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер менен уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен соң белгиленген тәртипте оның қағыйдалары орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.
ӨзА