10 жас өспирим бала Қазақстаннан Ўатанға қайтарылды

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлериниң хызметкерлери сырт елде ата-ана қарамағынан айрылған балаларды Өзбекстанға қайтарыў мақсетинде хызмет сапары менен Қазақстанға жөнеп кетти.
Ата-ана қарамағынан айрылған 10, атап айтқанда, Атыраў қаласында 1, Алматы қаласында 8 ҳәм Манғыстаў қаласында 1 бала мәмлекетлик жәрдемге мүтәж болып, жумысшы топар ўәкиллери тәрепинен оларды өз шаңарақларының қушағына қайтарыў режелестирилген.
Социаллық қорғаў миллий агентлигине қараслы «Инсан» социаллық хызметлер орайы қайтарылып атырған балалардың шаңарақлық орталыққа қайтыўы ушын барлық зәрүр илажларды әмелге асырмақта.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги ИИМ ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте сырт елде қыйын жағдайға түскен балаларды Ўатанға қайтарыў ҳәм оларға социаллық жәрдем көрсетиў бойынша илажларды даўам еттирмекте.
Муҳайё Тошқараева,
ӨзА