Э.Сабировты «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

231

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы тараўындағы көп жыллық жемиси мийнети, заманагөй агротехникалық усылларды қолланыў арқалы аймақтың аўыр ҳәм қыйын шараятында егислик майданларының мелиоративлик жағдайын жақсылаў, пахта ҳәм ғәлле бағдарларында жоқары өнимдарлыққа ерисиў, халықтың абаданлығын арттырыўға қосып атырған мүнәсип үлеси, сондай-ақ, көп тармақлы фермер хожалығы жумысын үлгили жолға қойыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны ушын Хорезм ўәлаяты Ханқа районындағы «Султанбай Ханымжан» фермер хожалығы баслығы Собиров Эгамберди Султонович «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.

 

  Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев