Тәжикстан ҳәм Қырғызстан шегара бойынша шәртнамаға қол қойды

233

Тәжикстан ҳәм Қырғызстан президентлери Имомали Раҳмон ҳәм Садир Жапаров еки мәмлекет арасындағы шегара ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.

Шегарадағы «Қызыл-Бел-Автодорожний» ҳәм «Қайрағаш-Автодорожний» қадағалаў өткериў пунктлери ашылды.

Соның менен бирге, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан арасында ҳаўа қатнаўы тикленетуғын болды.

Еслетип өтемиз, еки мәмлекет арасындағы шегара 2021-жылы жабылған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги