Өзбекстан Президентиниң Францияға мәмлекетлик сапары басланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мират етиўине бола мәмлекетлик сапар менен Париж қаласына келди.
Самолёт алдында Өзбекстан жетекшисин Франция миллий билимлендириў, жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер министри Элизабет Борн, Париж әскерий округи сәркардасы генерал Лоик Мизон ҳәм басқа рәсмий шасхлар күтип алды.


«Орли» халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Мәмлекетимиз делегациясы жайласқан резиденция алдында Францияда оқып, ислеп атырған ҳәм илимий излениўлер алып барып атырған бир топар ўатанласларымыз Президент Шавкат Мирзиёевти үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Мәмлекетимиз басшысы олар менен қызғын сәўбетлести, оқыў ҳәм излениўлерине табыс тиледи.


Сапардың тийкарғы илажлары бүгин, 12-март күнине мөлшерленген.
Бағдарламаға муўапық, Елисей сарайында жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Франция сөйлесиўлери болып өтеди.


Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле менен ушырасыў ҳәм Францияның жетекши компания ҳәм банклериниң ўәкиллери менен дөгерек сәўбетин өткереди.



ӨзА