Ҳәр бир министр ҳәм ҳәкимге быйыл барлық хызметлер бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм халықтың арасындағы қатнасықларды район кесиминде баҳалайтуғын система жаратыў тапсырылды.

Көрсетилген сервистиң сапасына халықтың өзи баҳа береди, ең жаман деп табылған уйым басшылары бойынша жуўмақ шығарылады.
Сондай-ақ, пуқаралар суў, газ, электрге жалғаныў, субсидия, пенсия ҳәм материаллық жәрдем алыў сыяқлы мәселелерде уйымба-уйым жүрмей, онлайн жуўап алатуғын система болыўы керек екени атап өтилди.
Жуўапкерлерге жасалма интеллект тийкарында халықтың сораўларына қол телефоны арқалы әпиўайы етип жуўап беретуғын онлайн платформаы иске түсириў тапсырылды.
Соның менен бирге, тараўларды қадағалап, тәртипке салыўға жуўапкер 14 инспекция бар, олар жүдә үлкен ўәкилликке ҳәм күшке ийе. Бул уйымлардың хызметкерлери де коррупцияға қол урып атырғаны тәшиўишли екени атап өтилди.
Министрлер Кабинетине системадағы коррупцияны билип-билмесликке алып жүрген инспекция басшыларының жумысына баҳа берип, еки ҳәптеде коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша ҳәр бирине анық ўазыйпа бериў тапсырылды. Ҳәр айда биреўден инспекцияның жумысы сын көзқарастан көрип шығылады ҳәм олардан қатаң сорап барылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги