Ғуламжан Ёқубовты «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

807

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Өзиниң жарқын таланты, жоқары атқарыў шеберлиги, көп жыллық нәтийжели дөретиўшилик жумысы менен өзбек қосықшылық көркем өнери ҳәм миллий мәдениятымызды раўажландырыў, оның даңқын дүнья халықлары арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, бай руўхый мийрасымызды қәстерлеп сақлаўға қосқан мүнәсип үлеси, жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў, көркем өнерге болған меҳирин арттырыў, перзентлеримизди ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери, дөретиўшилик тараўындағы белсене қатнасы ҳәм туўылғанының 75 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан халық артисти, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси қосықшысы Ёқубов Ғуламжан Ташпулатович «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев