«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалын шөлкемлестириў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Парманы
2025-жыл 9-майда Еслеў ҳәм қәдирлеў күни өткерилиўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы белгилениўи мүнәсибети менен Ўатанды қорғаў жолында мәрдана гүрескен уллы ата-бабаларымызға айрықша итибар ҳәм терең ҳүрмет көрсетиў, жеңиске шексиз үлес қосқан Өзбекстан пуқаралары – 1941-1945-жыллардағы урыс ҳәм мийнет фронты ветеранларына мүнәсип түрде ҳүрмет-иззет көрсетиў мақсетинде:
- 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы ҳүрметине «Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы шөлкемлестирилсин.
- «Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары – «1941-1945-жыллардағы Уллы Ўатандарлық урыста Германия үстинен ерисилген жеңис ушын» ҳәм «Япония үстинен ерисилген жеңис ушын» медальлары менен, урыс жылларында жаўынгерлик хызметлери ушын басқа да орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған ямаса урыс қатнасыўшысы гүўалығына яки Ўатандарлық урыс майыбы гүўалығына ийе болған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңестирилгенлер, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы фронт арты мийнет ветеранлары, соның ишинде, «1941-1945-жыллар Уллы Ўатандарлық урыстағы мәртлик мийнети ушын», «Мийнеттеги ерлиги ушын», «Мийнетте өрнек көрсеткени ушын» медальларына ямаса «1941-1945-жыллардағы урыс дәўиринде Қураллы Күшлерде пуқара шахсларды еркин жаллаў бойынша штат лаўазымында болғаны ҳаққындағы гүўалыққа ийе болған мийнет фронты қатнасыўшылары сыйлықланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;
«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы ҳәм сыпатламасы 2-қосымшаға, оның гүўалығы ҳәм сыпатламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги және Экономика ҳәм қаржы министрлиги бюджеттен тысқары Пенсия қоры менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте «Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы менен сыйлықланыўы зәрүр болған 1941-1945-жыллардағы урыс ветеранлары ҳәм майыпларының, мийнет фронты қатнасыўшыларының анық дизимин дүзип, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
Орайлық банк ҳәм «Сувенир» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте бир ай мүддетте «Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медальлары ҳәм олардың гүўалықларының бланкалары белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетиниң резерв қоры қаржыларының есабынан таярланыўы тәмийинленсин;
еки ҳәпте мүддетте естелик юбилей медальларын тапсырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-февральдағы «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы ПП-24-санлы Пәрманында нәзерде тутылған бир мәртелик ақшалай сыйлықларды төлеў тәртибин белгилесин.
6, Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 25-февраль
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2025-жыл 25-февральдағы ПП-32-санлы Пәрманына
1-қосымша
«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы ҳаққында
РЕЖЕ
- «Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы (кейинги орынларда – естелик юбилей медалы) менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары «1941-1945-жыллардағы Уллы Ўатандарлық урыста Германия үстинен ерисилген жеңис ушын» ҳәм «Япония үстинен ерисилген жеңис ушын» медальлары менен, урыс жылларында жаўынгерлик хызметлери ушын басқа да орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған ямаса урыс қатнасыўшысы гүўалығына ямаса Ўатандарлық урыс майыбы гүўалығына ийе болған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилгенлер, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы фронт арты мийнет ветеранлары, соның ишинде, «1941-1945-жыллар Уллы Ўатандарлық урыстағы мәртлик мийнети ушын» медальларына ямаса 1941-1945-жыллардағы урыс дәўиринде Қураллы Күшлерде пуқара шахсларды еркин жаллаў бойынша штат лаўазымында болғаны ҳаққындағы гүўалығына ийе болған мийнет фронты қатнасыўшылары сыйлықланады.
- Естелик юбилей медалын тапсырыў Өзбекстан Республикасы Президенти атынан Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, ишки ислер министри, айрықша жағдайлар министри, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы, Миллий гвардия сәркардасы, Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитетиниң баслығы, қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қала ҳәкимлери тәрепинен жергиликли әскерий басқарыў уйымлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары кеңеслериниң қатнасыўшыларының қатнасыўында салтанатлы жағдайда әмелге асырылады.
Естелик юбилей медалын алыў ҳуқықына ийе болған адам 2025-жыл 1-январьдан соң қайтыс болған жағдайда медаль оның шаңарақ ағзаларына тапсырылады.
- Естелик юбилей медальлары менен сыйлықланғанларға медаль менен бирге белгиленген түрде гүўалық тапсырылады.
Гүўалыққа естелик юбилей медалын тапсыратуғын адам тәрепинен қол қойылады.
- Естелик юбилей медалы мәмлекетлик сыйлықлардан кейин көкиректиң шеп тәрепине тағылады.
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2025-жыл 25-февральдағы ПП-32-санлы Пәрманына
2-қосымша
«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалының
сыпатламасы
«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы (кейинги орынларда – медаль) 0,25 микрон қалыңлықтағы алтын қапланған мыс араласпасынан таярланады ҳәм диаметри 34 миллиметрли дөңгелек формада болады.
Медальдың алдыңғы тәрепи орайында қуяш нурлары фонында Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен қурылған «Жеңис парки» естелик комплексиндеги өзиниң үлкен ерлиги ҳәм сабырлылығы менен тарийх бетлерине мөрленген Зульфия Закирова ҳәм оның фронттан қайтпаған бес улы, садық келинлери естелигине бағышланған «Мәртлик гимни» монументи гүмис реңде және оның алдына Мәңги жалын сүўрети алтын реңде сәўлелендирилген.
Монументлердиң шеп ҳәм оң тәреплеринде лавр гүл орамы жайласқан болып, оның төменги бөлегинде юбилей жылын аңлататуғын «80» саны жазылған.
Медаль жийеклерине шеңбери бойлап шетлери бөртип туратуғын шеңбер ишине ҳәриплердиң бийиклиги 2,5 миллиметрли «IKKINCHI JAHON URUSHIDAGI G‘ALABANING» және «YILLIGI» сөзлери жайласқан.
Медальдың артқы тәрепинде диаметри 28 миллиметр болған шеңбердиң ишинде, еки қатарға «XOTIRA – ABADIY», «VATAN – MUQADDAS» жазыўлары, оның төменги бөлегинде Екинши жер жүзилик урысы тамамланған жылды ҳәм юбилей жылын аңлататуғын «1945-2025» санлары жазылған. Шеңбердиң сыртқы тәрепинде қуяш нурлары тәризинде сызықлар жайласқан.
Жазыўлар бөртпели ҳәм алтын ҳәриплерде.
Медальдың қалыңлығы 3 миллиметр.
Медаль Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы реңлериндеги жол-жол шайы лента сырылған бес мүйешли қәлипке (колодка) шеңбер ҳәм илдиргиш жәрдеминде жалғанады. Материалдың ени 24 миллиметр. Көк, ақ ҳәм жасыл жоллардың ени 7 миллиметрден, қызыл сызықлардың ени 1,5 миллиметр.
Илдиргиштиң бийиклиги 50 миллиметр, ени 45 миллиметр.
Илдиргиштиң артқы тәрепине медальды кийимге тағып қойыў ушын илгек көринисиндеги қурылма орнатылған.
«Иккинчи жаҳон урушидаги ғалабанинг 80 йиллиги» естелик юбилей медалы
|
Алдыңғы тәрепи |
Артқы тәрепи |
![]() |
![]() |

