«Балаларға бериӊ дүньяны» сүрени астында байрам кешеси өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалардың социаллық қорғалыўын күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4185-санлы қарары қабыл етилген еди. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-анасының ямаса басқа да нызамлы ўәкиллериниң қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары кепилликлериниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, социаллық қорғаўға мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да күшейтиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң қарары да тастыйықланған.

Жетимлерге итибар бериў, олардың материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў миллий қәдириятларымыздың бири саналады. Сондай-ақ, жетимлерге жақсылық етиў, олардың күнделикли турмысын жақсылаўға үлес қосыў ҳәм оларды жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзалары сыпатында қабыл етиў әҳимийетли. Бул олардың келешекте еркин ҳәм абадан турмыста жасаўы ушын жәрдем береди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басламасы менен «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен республикамыздағы 60 баланың кеўиллерин көтериў мақсетинде мүбәрек Рамазан айы алдынан байрам илажы шөлкемлестирилди. Дәслеп, балалар ушын пайтахтымыздағы «Джунгли» балалар дем алыў орнында ойын-заўық шөлкемлестирилди. Буннан кейин, «Caravan saray» тойханасында дастурхан жайылып, ас берилди. Балаларға ҳәр түрли саўғалар тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, «Вақф» қайырқомлық қорының баслығы И.Тажетдиновлар қатнасты.
«Келешекке жол ашыў – бүгинги ўазыйпамыз. Себеби ҳәр бир бала – бул үмит, нур, ертеңги күнниң тийкары. Солай екен, оларға шексиз имканиятлар, билим-тәрбия ҳәм итибар бериўимиз керек. Балаларға бериң дүньяны – олар оны жақсылайды».
Қарақалпақстан хабар агентлиги