Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм мүнәсип белгилеў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин кеңнен белгилеў, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңиске үлес қосқан урыс ҳәм мийнет ветеранларына жәнеЎатанның раўажланыўы, прогреси ҳәм оны қорғаў ушын гүрескен уллы ата-бабаларымызға айрықша итибар ҳәм терең ҳүрмет көрсетиў, сондай-ақ, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң естелигин улығлаў елимизде уллы қәдириятқа айланған.
Халқымыздың Ўатанды қорғаў жолындағы жоқары мәртлик ҳәм қаҳарманлықлары барлық әўладлар ушын үлги ҳәм ибрат мектеби ўазыйпасын атқарып келмекте. Атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урысқа өзбекстанлылардың 2 миллионға шамаласы жиберилип, соннан 538 мыңнан асламы урыс майданларында қаҳарманларша қайтыс болған, 158 мыңнан артығы дәрексиз жоғалған, ғәрезсизлик жылларында 200 ге шамалас әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери мәмлекетимиздиң тынышлығы ҳәм парахатшылығы жолында өз жанын пидә еткен.
Биз тынышлық ҳәм ғәрезсизлик ушын өз жанын аямаған ата-бабаларымыз ҳәм мәрт батырларымыздың үлкен ерлиги, шыдамлылығы ҳәм пидайылықларын жүрегимизде мәңги сақлаймыз.
Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине пуқта таярлық көриў, оны жоқары дәрежеде өткериў, Өзбекстан халқының тарийхый қаҳарманлығы, пидәкерлик мийнетин улықлаў, жас әўладты ана Ўатанға садық, бүгинги тыныш турмысты қәстерлеп-сақлайтуғын инсанлар етип тәртиялаў мақсетинде:
- Кең жәмийетшилик ўәкиллериниң елимизде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы ҳәм 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин (кейинги орынларда – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни) «Ўатанның раўажланыўы, тынышлығы ҳәм қорғаў жолындағы қаҳарманлық умытылмайды» сүрени астында өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Төмендегилер:
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша жумысшы қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жумысшы топар (А.Арипов):
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт арты мийнет ветеранлары, ғәрезсизлигимизди беккемлеў, халқымыздың тынышлығы, мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында мәртлик ҳәм пидайылық көрсеткен ўатанласларымызды еслеў, ҳәзирги ўақытта тири болған мийнет ветеранлары ҳәм кекселеримизге ҳүрмет-иззет көрсетиўге қаратылған илажлар жоқары дәрежеде өткерилиўин шөлкемлестирсин;
бул категориядағы шахслардың жасаў орнына мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиң басшылары, әскерий бөлимлердиң командирлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, ветеранлар, илим, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жаслар, соның ишинде, «Ватан таянчи» балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәрекети ағзаларының сапарларын, олардың көрсеткен мәртлик ҳәм ерликлериниң әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестирсин;
жалғыз ҳәм кем тәмийинленген Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының жасаў орынларын оңлаў, абаданластырыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;
Екинши жер жүзилик урыстың ҳәр бир қатнасыўшысы ҳәм оның ақыбетинде майып болған шахслар, фронт арты мийнет ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған ямаса майып болып қалған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилиўин тәмийинлесин;
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оның ақыбетинде майып болған шахсларға ҳәм 1941-1945-жыллардағы урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң атынан бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық салтанатлы түрде тапсырылыўын шөлкемлестирсин;
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оның ақыбетинде майып болған шахсларға, фронт арты мийнет ветеранларына «Екинши жер жүзилик урыстаға жеңистиң 80 жыллығы» юбилей медальларын салтанатлы түрде тапсырсын;
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оның ақыбетинде майып болған шахслардың ҳәр бирине медициналық хызмет көрсетиў ҳәм оларға қараў мақсетинде медицина қәнигелерин белгиленген тәртипте шәртнама тийкарында бириктирген ҳалда турақлы түрде патронаж хызметин жолға қойсын;
Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт арты мийнет ветеранларына олардың қәлеўлерине бола республика аймағындағы санаторийларға бир бақлаўшысы менен бир мәртелик бийпул жолламалар берилиўин тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Спорт министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте:
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаят, қала ҳәм районларда Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайларындағы «Ватанпарвар» бағлары ҳәм басқа да белгиленген орынларда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, ветеранлар, илим, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жаслар, «Темурбеклер мектеби» ҳәм Жалолиддин Мангуберди атындағы әскерий-академиялық лицейлер оқыўшылары, соның ишинде, «Ватан таянчи» балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәрекети ағзаларының қатнасыўында «үш әўлад ушырасыўлар»н шөлкемлестирсин;
көшелер ҳәм майданлар Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған көргизбели үгит-нәсиятлаў қураллары менен безелиўин тәмийинлесин.
- Еслеў ҳәм қәдирлеў күни илажларын өткериў ҳәм ҳәр қыйлы аймақларда жасаўшы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт арты мийнет ветеранларының ўәкиллерин бул илажларға тартыў менен байланыслы барлық қәрежетлер:
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан;
Ташкент қаласында – Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң резерв қаржылары, қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылықтан қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан;
миллий ҳәм заманагөй спорт түрлери бойынша еслеў турнирлери ҳәм «Мен жеңимпаз» жуўырыў марафонлары – Бағдарламада белгиленген жуўапкер орынлаўшы министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң қаржылары есабынан қапланады.
- Қорғаныў министрлиги Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте «Жаңа Өзбекстан» бағында 2025-жыл 9-май күни саат 21:00 де Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған байрам салютин шөлкемлестирсин.
- Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги салтанатлы илажлар өткерилетуғын ҳәм байрам салюти шөлкемлестирилетуғын орынларда жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы процесслерди кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 19-февраль