Салық комитети есапланған ҳәм тастыйықланған кэшбек муғдарлары арасындағы айырмашылық ҳаққында
141

Soliq мобиль қосымшасында чеклерди дизимнен өткергеннен кейин, кэшбек кейинги айдың 25-сәнесинен соң тастыйықланады.
Егер сиз товар ямаса хызмет сатып алған исбилерменлер салық есабатын усынбаған болса, ямаса онда кемшиликлер анықланса ямаса олардың салық қарыздарлығы төленбеген болса, кэшбек тек ғана усы кемшиликлер сапластырылғаннан кейин тастыйықланады.
Мәселен, декабрь айы ушын айланыстан алынатуғын салық бойынша есабат, сондай-ақ, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша есабат 15-февральдан кешиктирмей усынылыўы керек. Сол себепли, айырым жағдайларда кэшбек еле «тастыйықланыў процесинде» болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги