Спорт тараўын реформалаў мәселелери додаланды

102

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың басшылығында спорт тараўына арналған мәжилис болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы М.Атамуратов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Спорт министри А.Алланазаров ҳәм Республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы спорт мектеби директорлары, федерация, ассоциацияның атқарыўшы ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте спорт тараўында әмелге асырылатуғын жумыслар, атап айтқанда ғалабалық спортты раўажландырыў, спорт жарысларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, мәҳәллелерде спорт майданшаларын қурыў, майыплығы болған шахсларды спортқа тартыў, тараўдағы бир қатар мәселелер көрип шығылды. Сондай-ақ, спорт секцияларының быйылғы жылғы сметаларын пуқта ислеп шығыў, «Басламалы бюджет» ҳәм инвестициялық жойбарлар менен ислесиў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.

Мәжилис даўамында Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен спорт тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша жумысларды өз ўақтында орынлаў, аймақлардағы кемшиликлерди сапластырыў ушын жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди. Мәжилис жуўмағында тийисли жуўапкерлер ҳәм спорт басшыларының усыныслары тыңланып, анықланған машқалалардың шешими бойынша жаңадан арнаўлы жол картасы ислеп шығылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги