2025-жылы Өзбекстанда жаслар жумыссызлығына шек қойыў жумыслары жаңа басқышқа көтерилетуғыны атап өтилди.
294

Басшылар жаслар жумыссызлығының унамсыз ақыбетлеринен, өз ўақтында бәнт болмаған жаслар билип-билмей намақул ислерге қол урыўы, диний радикализм тәсирине түсип қалыўы, жынаят көшесине кириўи мүмкин екени ескертилди.
Юнусабад, Асака, Шараф Рашидов, Шырақшы, Пастарғам районлары, Алмалық ҳәм Бухара қалаларында бул бағдардағы жумыслар қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди.
Жасларды кәсипке ҳәм тилге оқытып, жоқары дәраматлы жумысларға орналастырыў мақсетинде быйыл бәнтлик бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилди. Бул ушын жәми 126 триллион сум қаратылмақта.
Оған бола, мәҳәллелерде 378 мың микрожойбар әмелге асырылады, мәҳәлле банкирлери жаңа кредит өнимлериниң есабынан 250 адамды дәраматлы етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги