Қусшылық пенен шуғылланыӯшы исбилерменлерге жер салығынан жеңиллик берилиӯи мүмкин

279

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында қусшылық тараӯын раӯажландырыӯ, балаларды  саламатландырыӯ орайларының жумысын және де қоллап-қуӯатлаӯға қаратылған нызам жойбары биринши оқыӯда додаланды.

Бул нызам жойбары менен 2030-жыл 1-январьға шекем қусшылық өнимлерин ислеп шығарыӯшы исбилерменлик субъектлерин юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын (егислик майданларынан басқа) төлеўден азат етиӯ белгиленбекте.

2027-жыл 1-январьға шекемги дәӯирде болса Өзбекстан кәсиплик аӯқамлары Федерациясы системасындағы стационар балалар саламатландырыӯ  орайлары имаратлары ҳәм жер участкаларын ижараға бериӯден алған дәраматлары бойынша пайда салығы, сондай-ақ, ижараға берилген объектлери ҳәм олар ийелеген жер участкалары бойынша юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықты ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын төлеӯден азат етилиӯи нәзерде тутылмақта.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиӯи қусшылық кәрханаларының жумысын және де қоллап-қуӯатлаӯ, балаларға жаратылатуғын шараятларды жақсылаӯ, балаларды саламатландырыӯ ҳәм ақылый жақтан раӯажландырыӯ бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыӯға хызмет етеди.

Нызам жойбары биринши оқыӯда концептуаллық жақтан қабыл етилди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

                                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги