Инсан өмири ҳәм денсаӯлығына жоқары қәӯип салыӯшы факторлар реестри ашық ҳалда жүргизиледи

399

Ҳүкимет қарары менен «Инсан өмирине ҳәм денсаӯлығына жоқары қәӯип салыӯшы факторлар реестрин қәлиплестириӯ ҳәм жүргизиӯ тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.

Реже Инсан өмирине ҳәм  денсаӯлығына қәӯип салыӯшы факторлар реестрин қәлиплестириӯ ҳәм жүргизиӯ тәртибин белгилейди.

Бул реестр Әдиллик министрлиги тәрепинен «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаӯ» мәлимлеме системасында ҳәмме ушын ашық ҳалда белгиленген түрде жүргизиледи.

Реестрди қәлиплестириӯ ҳәм жүргизиӯ қадағалаӯшы уйымлар тәрепинен инсан өмири ҳәм денсаӯлығына жоқары  қәӯип салыӯшы факторлар дизимин дүзиӯ ҳәм тастыйықлаӯ, оларды қайта көрип шығыӯ ҳәм жаңалап барыӯды өз ишине алады.

Сондай-ақ, инсан өмири ҳәм денсаӯлығына жоқары қәӯип салыӯшы қайталанатуғын ҳәм әҳмийетин жойытқан факторларды бийкарлаӯ ҳәм жәриялап барыӯ процесслерин қамтып алады.

Реестрди жүргизиӯдиң тийкарғы мақсетлери төмендегилер есапланады:

қадағалаӯшы уйымлардың жумысында нызамлылықты ҳәм жәриялылықты тәмийинлеӯ;

-исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаӯ;

-исбилерменлердиң жумысын нызамсыз түрде тоқтатыӯ жағдайларының алдын алыӯ;

-мәмлекет тәрепинен қадағалаӯ системасының есап-санағын  ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеӯ;

                                                                                                                                                            ӨзА