«Өзбекстан темир жоллары» Қубла Корея компаниясының 6 электропоездын сатып алады

236

Транспорт министри Илҳом Маҳкамов Корея Эксимбанк ўәкилханасының Ташкенттеги басшысы Сангжин Канг менен сөйлесиў алып барды.

Ушырасыў даўамында Корея Эксимбанк ўәкилханасының басшысы «Өзбекстан темир жоллары» АЖ талаплары ушын «Hyundai Rotem» компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған 6 электропоездды сатып алыў жойбарының әмелге асырылыў жағдайы ҳаққында мағлыўмат берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги