Шымбайда жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылды

172

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги «2024-2026 жылларда Өзбекстан Республикасиниң социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында Шымбай районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 25 ҳәм 41-санлы улыўма орта билим бериў мектеплерине капитал реконструкция жумысларын жүргизиў ҳәм 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин жаңадан  қурыў белгиленип, өткен жылы усы объектлерде қурылыс шөлкемлери тәрепинен жумыслар басланған еди.

Жақында усы билимлендириў  дәргайларында қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, олар халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа имаратлардың тапсырылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм район басшылары, депутатлар, аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда район ҳәкими Айбек Тажетдинов ҳәм басқалар имаратлардың ашылыўы менен қутлықлап, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарлары тийкарында елимизде, соның ишинде, район аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып, буның ушын Журтбасшымызға өз миннетдаршылықларын билдирди.

Буннан соң имарат алдына тартылған дәстүрий ленталар кесилип, илаж қатнасыўшылары билимлендириў мәкемелеринде жас әўладларымыз ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, оларға өзлериниң унамлы баҳаларын берди.

-Мектебимиз 1970-жылы қурылған болып, оқыўшыларымыз еки мезгилде оқыйтуғын еди,-дейди 25-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Сулайман Сатуллаев.-Мине, бүгин ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында, мектебимизге 96 орынлық қосымша оқыў имараты ҳәм спорт залы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Енди оқыўшыларымыз кең ҳәм жақты классларда оқып билим алады. Буның ушын елимиз басшыларына үлкен рахмет айтаман.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы