Аўыл хожалығы егислик майданларынан пайдаланыў кеңейеди

“Аўыл хожалығы егислик майданларының өнимдарлығын арттырыў, тармаққа инвестициялар тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПП-18-сан, 03.02.2025ж.) қабыл етилди.
Усы пәрманға бола, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ажыратыўда, тәжирийбе-сынақ тәризинде, ижараға алыўшылардың еркинлиги ҳәм жоқары қосымша қунға ийе егинлер жетистириўге тийкарланған жаңа система жаратылады.
Жаңа система шеңберинде, жер участкалары контурлардың пүтинлигин ҳәм суўғарыў системасын бузбаған ҳалда 3 гектардан 50 гектарға шекемги өлшемлерде “Е-аукцион”да саўдаларға шығарылады.
Электрон онлайн аукцион саўдаларында жасаў орнына, шөлкемлестириў-ҳуқықый түринен, басқа жер участкасы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан, барлық физикалық ҳәм юридикалық тәреплер (резидентлер), соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханалар қатнасыўы мүмкин.
Жаңа система шеңберинде электрон онлайн аукцион жеңимпазы-ижарашы Жер кодексинде белгиленген ҳуқықлар ҳәм миннетлемелер менен бирге, төмендеги, яғный, жер участкасынан 49 жыл ижара ҳуқықы тийкарында пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлериниң түрлери, сортлары ҳәм көлемлерин еркин түрде белгилеў, жер участкасын екилемши ижараға бериў, атыз шетинде 20 сотихтан көп болмаған, аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши обектлерди жайластырыў ҳуқықларына ийе болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги