«Дийқан арна» да Сайхунабад тәжирийбеси әмелде

Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Мийригүл Алламбергенова мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси арқалы жеңиллетилген 5 млн сум кредит алып, үй шараятында қоян бағыўды жолға қойды.
-Бурын шуғылланып көрмегенликтен, дәслепки ўақытта бул қалай болар екен деп он қоян алып, шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте бағып баслаған едик. Мине, нәтийже жаман емес. Күтимниң нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта қоянларымыздың саны елиўге жетти. Көбейиўи де жақсы екен, ҳәр ана қоян 8,10 ға шекем гөжеклейди екен. Шөп, дән, гешир, капустаның қабығы, қулласы онша таңламай жей береди. Тез көбейип ҳәм дәраматы жақсы болған қояншылық пенен шуғылланыўды басқаларға да мәсләҳәт еткен болар едим,-дейди М.Алламбергенова.
Қәнигелердиң анықлаўынша, курамы ҳәм пайдалы қәсийетлери бойынша қоян гɵши басқа гɵш түрлеринен ажыралып турады. Сондай-ақ, қоян гɵши биринши номерли диета гɵш есапланады.
Сонлықтанда, Сайхунабад тәжирийбеси бойынша бул бағдардағы жумысларды аймақларда раўажландырыў илажларын әмелге асырыўдың зәрүрлиги бар. Өйткени, исбилерменликтиң бул бағдары халқымыз ушын пайдалы азық болыўы менен бирге, дәраматлы талап есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги