Өзбекстан Президенти ҳәм Малайзия Бас министри шерикликти инновациялық раўажландырыў дәўирин баслаўға келисип алды

5-февраль күни «Пердана Путра» ҳүкимет комплексинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзияның Бас министри Анвар Иброҳим тар дөгеректе ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиў өткерди.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Малайзияның Бас министрине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, табыслы әмелге асырылып атырған «Madani» мәмлекет стратегиясының жоқары нәтийжелери менен шын жүректен қутлықлады.
Өзбекстан менен Малайзия арасындағы дослық ҳәм шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Малайзия Бас министриниң өткен жылдың май айында Өзбекстанға әмелге асырған тарийхый сапары еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды раўажландырыўға үлкен пәт бағышлағаны атап өтилди.
Сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлеаралық қатнасықлар жеделлести. Өз-ара товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм авиақатнаўлардың саны артпақта.

Өткен жылы Ҳүкиметлераралық комиссиясының биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди, Исбилерменлер кеңеси дүзилди, бир қатар ири бизнес форумлар шөлкемлестирилди.
Сапар алдынан таллаў орайларының ушырасыўы, Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәм мәдений мийрасының презентациялары, жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының форумы өткерилди.

Бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде Сытқы ислер министрлериниң стратегиялық сөйлесиў платформасын шөлкемлестриўге қарар етилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларындағы әмелий бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Товар алмасыўды көбейтиў мақсетинде Жеңилликли саўда ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, өз-ара санаат көргизбелерин өткериў, Санаат кооперациясының бағдарламасын қабыл етиўге келисип алынды.

Малайзия ҳүкимети Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын белсене қоллап-қуўатламақта.
Жетекшилер 2025-2026-жылларды Өзбекстан-малайзия шериклигин инновациялық раўажландырыў дәўири деп жәриялаўға келисип алды.
Экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа моделиниң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Олар – нефть –химия ҳәм химия, электроника ҳәм ярымөткизгишлер санааты, инновациялық санаат, «ақыллы» аўыл хожалығы, «жасыл» энергетика, зыярат туризми ҳәм басқалар.

Кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Ташкент ўәлаятында Малайзияның жетекши компаниясының басқарыўында арнаўлы экономикалық зона қурылмақта.
Мәмлекет басшылары жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Быйылғы жылы Өзбекстан ҳәм Малайзияда мәденият ҳәптеликлери өткериледи.
Жетекшилер регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты. Терроризм, радикализм ҳәм исломофобияға қарсы гүресте ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша «жол карта»сын таярлаўға қарар етилди.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Иброҳимди рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.
ӨзА