Денсаўлықты сақлаў министрлигине жаңа ўәкилликлер берилиўи мүмкин
247

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде халықтың арасында йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң алдын алыў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары көрип шығылды.
Онда Денсаўлықты сақлаў министрлигине ас дузын ҳәм азық-аўқат өнимлерин йодлаў ушын пайдаланылатуғын қурамында йод болған препаратларды, оларға қойылатуғын талапларды, ас дузын ҳәм азық-аўқат өнимлерин йодлаўға, йодланған дузды ислеп шығарыўға, тасыўға, сақлаўға ҳәм реализациялаўға қойылатуғын санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиена нормативлерин белгилеў ҳәм оның қадағаланаўын алып барыў ўәкилликлери белгиленбекте.
ӨзА