Президенттиң жаңа пәрманы қабыл етилди        

272

«Турақ жай қурылысы тараўын және де раўажландырыў, турақ жай  ҳәм турақ жай емес объектлерди үлес киргизиў тийкарында қурыў процесин тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы  (ПП-11-санлы, 27.01.2025ж) қабыл етилди, деп хабар береди xabar.uz.

Пәрманға муўапық, төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Турақ жайдың бирден-бир турмыслық цикли» принципи енгизиледи:

– турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлес киргизиў тийкарында қурыў процесинде физикалық ҳәм юридикалық  тәреплердиң  ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў;

– бар жер ресурсларынан нәтийжели (интенсив) пайдаланған ҳалда турақ жайлардың қурылысын шөлкемлестириў;

– турақ жай қурылысы тараўында инвестиция жойбарларын әмелге асырыў мүддетлерин қысқартыў;

– турақ жайларды үлес киргизиў ҳәм ипотека кредити тийкарында сатып алыўдың исенимли ҳәм нәтийжели имканиятын жаратыў;

– турақ жайлардың қурылысында энергия нәтийжелилиги  қурылыс материалларынан пайдаланыўды  ғалаба ен жайдырыў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги