Комитеттиң гезектеги мәжилиси өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң гезектеги мәжилиси өткерилди. Мәжилисти комитет баслығы А.Атажанов ашты ҳәм басқарып барды.

Күн тәртибинде дәслеп, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының мәлимлемеси тыңланды. Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 11-апрельдеги «Мәденият, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўы объектлеринде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 155-санлы қарарының орынланыўы ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларының есабатлары тыңланды.

Қарарға муўапық, бул объектлерди қорғаў, видеобақлаў системаларын ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардияның аймақлық бөлимлерине ситуациялық орайларына интеграциялаў, сондай-ақ, объектлердиң «Қәўипсизлик паспорт»ын таярлаў илажлары белгиленген.

Мәжилисте депутатлар тәрепинен әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм күн тәртиби бойынша тийисли сораўларға жуўаплар алынды. Мәжилис жуўмағында көрип шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги