Рютте қорғаныў қәрежетин көбейтиў үстинде жумыс баслайды

350

НАТО Бас хаткери Марк Рютте Пентагонның жаңа басшысы Пиет Хегсет пенен телефон арқалы дәслепки сөйлесиўин өткергенин айтып, енди альянсқа ағза мәмлекетлердиң қорғаныў қәрежетин арттырыў үстинде ислесиў тилегин билдирди.

– Күшли аўқамлас ушын әскерий системаға қаржыны көбейтиў, тараўда өндиристи күшейтиў бойынша биргеликте жумыс алып барылыўын күтип қаламан, – деп жазған жуўапкер адам социаллық тармақтағы бетинде.

Алдынырақ ол Европарламент ағзалары алдында шығып сөйлеп, бирге ислесиўшилерди аўқамлас мәмлекетлерде қорғаныў қәрежетин арттырыўға шақырған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги