АҚШ «Темир гүмбез» жаратпақшы

245

АҚШ Президенти Дональд Трамп мәмлекеттиң «Темир гүмбез» ракетаға қарсы қорғаныў системасын жаратыў ҳаққындағы пәрманына қол қойды. Бул ҳаққында Ақ үй баспасөз хызмети мәлим етти.

Мәмлекет басшысы қорғаныў министрине 60 күн ишинде тийисли жойбарды усыныў бойынша тапсырма берген.

Бул ҳүжжет күшке кирген күннен баслап 60 күн ишинде қорғаныў министри Президентке жаңа әўлад ракета қалқаны ушын сәйкес жойбар, имканиятқа сәйкес талап нормасы ҳәм бул басламаны әмелге асырыў режесин усынады.

Ҳәзирги ўақытта баллистикалық, гипер даўыслы ҳәм қанатлы ракетадан қорғаныў, тап сондай маркадағы космосты бақлаў қурылмалары орнатылыўын жеделлестириў және ракетаны күшейтиў басқышында услап алатуғын қуралларды ислеп шығыў ҳәм орналастырыў нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги