Мазмунлы сәўбетлесиў өткерилди

Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Ўатансүйиўшилик миллий қәдириятларымыздың беккем тиреги” атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Мәдений мийраслар агентлиги директорының биринши орынбасары, академик Турсунали Кузиев, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң директоры, Жоқарғы Кеңес депутаты Айжамал Юсупова, Мәдений мийраслар басқармасы көркем экспертиза бөлиминиң баслығы Серикбай Байбосиновлар шығып сөйлеп, Ўатан тынышлығы ҳәм ғәрезсизлиги, раўажланыўы жолында хызмет еткен ата-бабаларымыз тәрепинен қалдырылған бай руўхый мийраслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Елимиздеги мәдений-мийрас объектлери ҳәм олардың тарийхы ҳаққында да кеңнен мағлыўматлар берилип, ўатансүйиўшиликтиң мәнисин терең аңғарыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Рим философы, жазыўшы ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Сенека “Ўатанды уллылығы, үлкенлиги ушын сүймейди, оны өзиниң Ўатаны болғанлығы ушын сүйеди” деп жазып кеткен. Ҳақыйқатында да, атап өтилген бул сөзлердиң негизинде терең мәни бар. Ўатан уллы, инсанның киндик қаны тамған муқаддес мәкан, ана топырақ. Инсан туўылып өскен жеринен ҳеш қашан ўаз кешпейди, оны басқа журтқа алмастырмайды. Ўатанына болған уллы муҳаббат инсанды жоқары мәртликке жетелейди. Доро II әскерлерине қарсы гүресип, халық қаҳарманына айналған Шырақ аңызы бийкарға жаратылмаған, әлбетте. Сак ҳәм массагетлер маликасы Тумаристиң қаҳарманлығы неше әсирлер даўамында умытылмады. “Ямаса Ўатан, ямаса даңқлы өлим”, деп монголларға қарсы урыста Ўатан байрағын қолында беккем тутып, жан берген Нажмиддин Кубраның мәртлиги, елге муҳаббатынан дәрек береди. Тарийх бетлеринен тағы қаншадан-қанша уллы бабаларымыздың Ўатанның азатлығы, тынышлығы жолындағы даңқлы хызметлерин мысал ретинде келтириўимиз мүмкин.
Илаж қызғын сәўбетлесиў, сораў-жуўапларға бай өтти. Мәмлекетимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған ғайраткерлер менен өткерилген мазмунлы сәўбетлесиў, жас әскерлерде үлкен тәсир қалдырды.



Илаж соңында мийманлар Арқа-Батыс әскерий округи тарийхын өзинде сәўлелендирген музейге саяхат етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги