14 шахсқа ҳәкимшилик жаза тайынланды

205

Жынаят ислери бойынша Елликқала районы судының тергеў судясы А.Сейтанов тәрепинен райондағы ишки ислер бөлиминде ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Онда 14 шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материаллары көрип шығылды.

Анықланғанындай, бул шахслар спиртли ишимлик ишип, мәс ҳалында, жәмийетте орнатылған жүрис-турыс қағыйдаларына менсинбеўшилик пенен қарап, қасттан бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген. Соның менен бирге, жағдай бойынша ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен иркилгенинде олардың нызамлы талапларын орынламаған.

Бул жағдай судья тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренилип, гүўа ҳәм жәбиркешлердиң көрсетпелери тыңланды ҳәм ҳуқықбузарлар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы (майда бийзарылық) менен айыплы деп табылып, олардың ҳәр бирине 3 суткадан 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги