Ушырасыўлар машқалаларды үйрениў имканиятын береди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратованың тақыятаслы сайлаўшылар менен ушырасыўы қызғын кейпиятта өтти. Халық ўәкилиниң дәслепки мәнзили Тақыятас районындағы «Найман» аўыл пуқаралар жыйынында мәҳәлле турғынлары менен ушырасыўдан басланды.
Ушырасыўда жуўапкер шөлкем ўәкиллери, районлық Кеңес депутатлары, партия белсендилери, мәҳәлле турғынлары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп, депутат тәрепинен жыйналғанларға мәмлекетимизде кейинги жылларда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳәм быйылғы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика жылы»нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламада белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар, нызамшылықтағы жаңалықлар, қабыл етилип атырған нызамлар, қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси бойынша толық мағлыўматлар берип өтилди.
– Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «Депутат бул халық хызметкери, ҳәммеге өрнек болатуғын, сиясий билими ҳәм санасы жоқары, өз Ўатанын шын жүректен сүйетуғын инсан. Шаңарақ, мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийетте тынышлық, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, халықаралық майданда Өзбекстанның мәплерин исенимли қорғаўда халқымыз, бәршемиз бәринен бурын сизлерге сүйенемиз», деген еди. Ҳақыйқатында да, депутатлық лаўазым емес, бул ҳақыйқый мәнисте халықтың хызметине кирисиў дегени,-дейди Олий Мажлис депутаты Гүлжан Халмуратова.
Ашық ҳәм қызғын түрде өткен ушырасыўда халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, пуқараларды толық суйылттырылған газ баллонлары, электр энергиясы, таза ишимлик суўы ҳәм ақаба суў менен тәмийинлеў бойынша бир қатар пикирлер билдирилип, халықты қыйнап атырған машқалалар тыңланды.
Сөйлесиўлер даўамында пуқаралар тәрепинен көтерилген көпшилик мәселелер орынларда шешилген болса, мүддет талап ететуғын мүрәжатлар депутат тәрепинен қадағалаўға алынды ҳәм унамлы шешилетуғын болды.
– Көп жыллардан берли усы мәҳәлледе жасайман,-дейди Тақыятас районы “Найман” АПЖ “Нафосат” көшесиниң турғыны Дилбар Жуматаева.-Көшемизге қум-шағыл тас араласпасы төгилген. Бирақ оның 20 метрлик аралықтағы жайлардың алды шала қалған. 10 ға шамалас шаңарақтың алды жаўын-шашын мәўсиминде – ылай, өтип болмайтуғын дәрежеге келеди. Перзентлеримиз мектепке, өзимиз жумысқа барыўға қыйналып қаламыз.
Пуқара машқаласын тыңлаған соң, депутат усы жердиң өзинде тийисли шөлкем ўәкиллери менен сөйлесип, мүрәжаты унамлы шешилетуғын болды.
Г.Халмуратованың кейинги мәнзили – усы мәҳәлле аймағындағы шаңарақлық поликлиникасы болды. Бул жерде депутат поликлиниканың жумысы менен жақыннан танысты.
Бизге белгили, кейинги жыллары мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында «Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын!» деген идея тийкарында кең көлемли реформалар, халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Мине, усындай реформалардың орынланыўы бойынша үйрениў жумысларын алып барыў ҳәм тараўда анықланған машқалаларға шешим табыў мақсетинде медицина хызметкерлери менен ушырасыў өткерилип, олардың усыныс ҳәм мүрәжатлери тыңланды.

Әлбетте, халыққа көрсетилип атырған сапалы медициналық хызметлерди заманагөй медицина мәкемелерисиз көз алдымызға келтирип болмайды. Сонлықтан, мәмлекетимизде ҳәр жылы медицина тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыў мәселелерине жоқары итибар қаратылып келинбекте. Бирақ, тилекке қарсы, райондағы бул 7 мыңнан аслам халқы бар поликлиникада рентген аппаратының жоқ екенлиги ашынарлы жағдай. Депутат тәрепинен бул мәселениң дәрҳал шешилиўи қадағалаўға алынды ҳәм тийисли шөлкемлер менен унамлы шешилиўине келисип алынды.
Депутат Г.Халмуратова мәҳәлледеги кем тәмийинленген шаңарақлар, олар ушын субсидия тийкарында қурылып атырған ҳәм жақында пайдаланыўға тапсырыў алдында турған социаллық объектлер менен де жақыннан танысты.
Бул ушырасыўлар пуқаралар менен тиккелей пикирлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын үйрениў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, бул халық пенен тығыз байланыс орнатыў, олардың ҳақыйқый талапларына тийкарланған қарарлар қабыл етиўде жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги