Денсаўлығымызға итибарлы болайық!
Өзлериңизге белгили, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында «Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын!» деген идея астында кең кѳлемли реформалар, халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дармақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени, заманагөй медициналық мәкемелердиң қурылғаны ҳәм тараўдың материаллық-техникалық базасының беккемленип барылыўы, медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылғаны турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.
Әсиресе, өткен жылдың август айында Президентимиз Қарақалпақстанға сапары даўамында республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының жаңа имаратында болып, тараў ўәкиллери менен ушырасып, пикирлескени, усы емлеў мәкемесинде илимий-әмелий медицина орайын шѳлкемлестириў бойынша усыныс билдиргени, сондай-ақ, Қарақалпақстанда социаллық тараў, инфраструктура ушын 1 триллион сумнан аслам қаржы ажыратыў ҳәм соның ишинде, 7 медицина мәкемесин жаңадан қурыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп бергени тараўға, пүткил халқымызға деген жоқары итибардың көриниси болып есапланады.
Соны да мақтаныш пенен айтыўымыз керек, бурын Ташкент қаласына ҳәм сырт еллерге барып исленип жүрген қурамалы операциялар бүгинги күнде Нөкис қаласында әмелге асырылмақта. Яғный, республикалық қәнигелестирилген орайлардың аймақлық филиалларында 150 түрдеги жаңа технологиялар енгизилип, 2024-жылы 294 эндопротезлеў хирургиялық операциясы, 137 Эндоурологик хирургиялық операциясы, Нөкис қала-районларда 1687 ҳәм республикалық медицина мәкемелеринде 1873 лапароскопик хирургия, 292 коронарография ҳәм 234 жүректе артерия коронар шунтлаў, 3 жүрек ашық операциясы, 4 буйрек транплантациясы операциясы өткерилип, жылына 4500 наўқаслардың Ташкентке ҳәм сырт еллерге бармастан жасаў орнында жоқары технологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылды.
Сондай-ақ, Төрткүл, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында биргеликтеги зыянланыўлар ҳәм өткир қан тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде жылына 10000 наўқасқа Нөкис қаласына келемен дегенше өз ўақтында қыстаўлы ҳәм жоқары дәрежели медициналық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленбекте.
Солай екен, Президентимиздиң: «Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылады» деген сѳзлери бүгин әмелде ѳз тастыйығын таппақта.
Әлбетте, халыққа кѳрсетилип атырған сапалы медициналық хызметлерди заманагѳй медицина мәкемелерисиз кѳз алдымызға келтирип болмайды. Сонлықтан, елимизде ҳәр жылы медицина тараўыныӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыў мәселелерине жоқары итибар қаратылып келинбекте.
Тек ғана өткен жылдың ѳзинде Нѳкис қаласында 8-санлы шаңарақлық поликлиниканың жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылғаны, жоқарыда айтып ѳткен Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы хызметкерлери жаңа имаратта жумыс баслағаны, Тақыятас районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў комплекси имараты жаңадан қурып-питкерилгени, Республикалық тез жәрдем орайының аймақлық филиалы, Беруний районында Перинатал орайы, Әмиўдәрья районындағы туўыў комплексиниң жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылғаны тараў ҳәм халқымыз турмысында жүз берген әҳмийетли ўақыялардан болып табылады.
Буннан тысқары, усы жылы Инвестиция бағдарламасы шеңберинде Нѳкис қаласы, Шоманай, Елликқала, Тѳрткүл, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларындағы 6 денсаўлықты сақлаў объектинде 46 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, жергиликли бюджет қаржылары есабынан 4 медицина объектинде 14 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, Нөкис қаласында Бирлескен Араб Әмирлигиниң «Шейх Халифа» фонды тǝрепинен баҳасы 28 миллион долларлық «Ана ҳǝм бала» клиникасының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында тур.
Жəне бир айта кететуғын нəрсе, медицина мәкемелерин 1 мың 532 компьютер техникасы менен тәмийинлеў ушын Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарары тийкарында 11 миллиард сум қаржы ажыратылды. Ѳз гезегинде бундай ийгиликли ислер тараў жумысларын және де жетилистириўде ҳәм халыққа кѳрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Сондай-ақ, халқымыздың саламатлығын қорғаў саласында жеке меншик клиникалардың үлеси кеңеймекте. Ҳәзирги ўақытта республикамызда 350 жеке меншик медициналық мәкеме хызмет көрсетпекте, оларда 310 амбулатор ҳәм 40 стационар шараятта 52 түрдеги қәнигеликлер бойынша халыққа қәнигелестирилген медициналық хызмет көрсетип келмекте.
2024-жыл даўамында 34 жаңадан жеке меншик клиника жумыс баслады. Бүгинги күнде республикамызда 8 жеке меншик медициналық мәкемелер хирургиялық хызмети иске түсирилген ҳәм 2 жеке меншик клиника халыққа қамсызландырыў бойынша хызмет көрсетпекте.
Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўында сырт еллердиң клиникалары менен бирге ислесиўлер жолға қойылып, өткен жыл даўамында 9 халықаралық меморандумға қол қойылды, атап айтқанда: Япония, Египет, Башқуртстан, Россия Федерациясы, Белларусия, Түркия менен шериклик байланыслар орнатылды.
Атап айтсақ, Американыӊ халықаралық «TIFO» фондының жәрдеми менен «Арал апатшылығыныӊ аймақтағы халықтың саламатлығына тәсирин үйрениў» жойбары, Юнисеф халықаралық фондының жәрдеми менен республиканыӊ 4 районында (Кегейли, Қоӊырат, Шымбай, Нөкис) басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем ҳәм суў менен тәмийинлеў, санитариялық ҳәм гигиеналық әмелияттыӊ аймаққа сай механизмин жаратыў жойбары, Американыӊ «PROJECT CURE» фонды тәрепинен 4 контейнер гуманитарлық жәрдем Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министирлигине жеткерилди.
«Шегарасыз шыпакерлер» Нидерландия фондының жәрдеми менен С.Султанов атындағы республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында «заманагөй секвенирование усылын» (дәрилерге шыдамлылығын анықлаў ушын) яғный дәрилерге қарсылығын анықлаўдыӊ молекуляр усылы 2024-жыл 1-октябрьден баслап әмелиятқа енгизилди.
Германияныӊ «GIZ» халықаралық фондының жәрдеми менен Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының Қарақалпақстан Республикалық филиалы менен биргеликте «Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў тараўында қамсызландырыў стратегиясын амелге асырыўға көмеклесиў» жойбарлары амелге асырылды.
Ҳәзирги күнде, халықаралық жойбарлардың бири АҚШтың Гарвард Университети Генетика бөлими тәрепинен аймағымызда генетикалық кеселликлерди анықлаў ҳәм олардың алдын алыў жойбары, Қытай Халық Республикасының “CSADI” кампаниясы менен биргеликте Республика балалар көп тармақлы медицина орайы кластерин қурыў жойбары, Японияның «Digital knowledge» кампаниясы менен биргеликте санластырыў бағдарында «Ана ҳәм бала» бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў жойбарлары үстинде жумыс алып барылмақта.


Сондай-ақ, усы жылға Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалының имараты жанында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында иммуногистохимия лабораториясының жумысын жолға қойыў, Қарақалпақстан Республикасы аймағында перинатал хызметлерди еле де жетилистириў мақсетинде 9 түрдеги жәми 134 дана заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, “HOPE” Кувейт фондының қаржылары есабынан қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелери тәрепинен аймақта жасаўшы жеңилликке ийе, хирургиялық операцияға мүтәж пуқаралар дизимин қәлиплестирип, операциялар ислеўди шөлкемлестириў, Медицина бирлеспелеринде лапароскопиялық хирургиялық операцияларды жолға қойыў, Денсаўлықты сақлаў тараўында коррупцияның алдын алыў мақсетинде нақ көринистеги төлемлерди қысқартып, барлық мәкемелердиң төлемли хызмет төлемлерин инвентаризациядан өткериў, QR кодлы онлайн төлемге өткериў ҳәм төлемли хызмет төлемлери калкуляциясын қайта көрип шығыў режелестирилген. Сондай-ақ, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде 18 медицина мәкемесин 178 түрдеги 1427 дана әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, басланғыш медициналық-санитария хызметин халыққа және де жақынластырыў мақсетинде Нөкис қаласындағы 11-12-санлы, сондай-ақ, Әмиўдәрья районындағы 2-санлы шаңарақлық поликлиникалардың жумысын жолға қойыўды, Әмиўдәрья районындағы «Ортақала» АПЖ ҳәм Шоманай районындағы «Майлы өзек» АПЖ аймақларында аўыллық шыпакерлик пунктлерин иске түсириў режелестирилген.
Жуўмақластырып айтқанда, халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бағдарындағы илажларды еле де жеделлестириў ҳәм бул бағдарда жүзеге келип атырған машқалаларды шешиў, кемшиликлерди сапластырыў – баслы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Ең әҳмийетлиси, халықтың турмыс тәризиниң жақсыланыўы бүгингиниң кешегиден, ертеңги күнимиздиң бүгингиден жақсырақ болыўы ушын тийкар жаратады. Жәмийетимиз ушын зәрүр болған усындай әҳмийетли бир тараўды жетилистириў, заман талабына сай алға илгерилеў биз медицина хызметкерлериниң жуўапкершилигинде екен, медицина хызметкерлери өзлериниң бар билимин ҳәм тәжирийбесин жумсап, халықтыӊ медицина хызметкерлерине билдирилген исеним ҳәм итибарын ақлайтуғынлығына исенемиз.
Усы жерде халықтан медицина хызметкерлериниӊ мийнетлерин қәдирлеп, олардыӊ берген усынысларына әмел етип, өзлериниӊ денсаўлықларына бийпәрўа болмаўын сорап қаламыз.
Бүгинги күнде халық арасында әсиресе, жүрек қан-тамыр, эндокриннерв системасы, травматологиялық ҳәм неврологиялық кеселликлердиӊ саны артып бармақта. Бул кеселликлердиӊ тийкарғы себеплери – кем ҳәрекет, дурыс аўқатланбаў, күн тәртибине әмел етпеў ҳәм өз саламатлығына ўақтында итибар бермеў болып есапланады.

Халқымызға саламат турмыс тәризине әмел етип, дурыс аўқатланып, дене ҳәрекетин күнделикли ўазыйпасына айландырса, әлбетте, халқымыздыӊ саламатлық дәрежеси және де артыўына исенемен.
Мәмлекетимиз басшысы айтқанындай, тынышлық ҳәм денсаўлықты қәстерлеп-сақлаў арқалы қалған бәрше нәрсеге әлбетте ерисемиз!
Биз халқымыздыӊ медицинадан, тараў хызметкерлериниӊ мийнетинен разы етиў жолында аянбай хызмет етемиз!
М.Курбанов,
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри.
Қарақалпақстан хабар агентлиги