Абырайлы халықаралық брендлерден тартылған технолог, дизайнер, маркетолог сыяқлы қәнигелер ушын жыйым өндирилмейди

331

Министрлер Кабинетиниң қарары менен Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Оған бола, Ҳүкиметтиң айырым қарарларына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

– арнаўлы экономикалық зона аймағында инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын электрон-онлайн аукцион саўдаларының жеңимпазы болған юридикалық тәреплер Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы арнаўлы экономикалық зонаның қатнасыўшысы статусын алыў ушын қайта мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин әмелиятқа енгизиледи;

– юридикалық тәрепти қайта мәмлекетлик дизимнен өткериўде салық ҳәм кадастр мағлыўматлар базаларынан қатаң пайдаланады;

– Өзбекстан Республикасына санаат тараўындағы абырайлы халықаралық бренд қәнигелерин тартыўда жыйым өндирилиўинен азат етиледи;

– миллий брендлерди жаратыў ушын тартылатуғын сырт ел қәнигелериниң Өзбекстан аймағында жумыс ислеўин әмелге асырыў ҳуқықын бериўши тастыйықнамаларды бериў тәртиби әпиўайыластырылады.

ӨзА