Жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар басқышпа-басқыш «жасыл энергия» жайларына айландырылады
187

Усы жылы 120 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылысы есап-санақ етилген.
Оған қосымша 15 мың квартира Жаңа Ташкентте қурылады ҳәм бул жайларда «жасыл» энергиядан пайдаланылады.
Энергияның турақлылығын тәмийинлеў ушын жеке меншик шериклик тийкарында 100 мегаватт-саат сыйымлылықтағы электр қуўатлылығы орнатылады.
Жаңа Ташкенттеги жайларды ысытыў ҳәм суўытыў орайласқан тригенерация системасы арқалы болады.
Барлық имарат-объектлерге жоқары энергия нәтийжелилик талаплары енгизиледи. Транспорт, жақтыландырыў системалары ҳәм зарядлаў станциялары тек ғана «жасыл» талаплар тийкарында болады.
ӨзА