Әмиўдәрья районында «Жойбарлар ярмаркасы» болып өтти

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2024-жыл 16-декабрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәҳәллелерде исбилерменлик орталығын жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм коммерциялық банклердиң ролин арттырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Әмиўдәрья районында «Жойбарлар ярмаркасы» илажы шөлкемлестирилди.
Илажда район ҳәкиминиң орынбасары, шөлкемлердиң басшылары, коммерциялық банклердиң жуўапкерлери, мәҳәллелердеги исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлейтуғын пуқаралар қатнасты.
Ярмарканы район ҳәкиминиң биринши орынбасары Фахриддин Юсупов ашып, бүгинги күнде исбилерменлер ушын жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында айтып, киши бизнести ҳәр тәреплеме раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларға толық тоқтап өтти.
Өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде кредитин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болған исбилерменлерге «Киши бизнести қоллап-қуўатлаў» бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи. Бул арқалы келеси жылларда көп санлы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, 30 районда балықшылық, қояншылық, шарўашылық ҳәм пал ҳәррешилик бойынша кооперацияларды көбейтиў мақсетлерине 500 миллион сум қаратылыўы белгиленди. Ендигиден былай да инвестиция алып келетуғын ҳәм көп жумыс орны жарататуғын стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў кеңейтиледи.
Соның менен бирге шараяты аўыр болған 71 районға басқа аймақлардан исбилерменлерди мирәт етиў ушын оларға қосымша кредитлер ажыратылып, быйылғы жылы мың аўыр мәҳәлле инфраструктурасына 3 триллион 200 миллиард сум ажыратылыўы белгиленген.
Ендигиден былай, «Жойбарлар ярмаркасы» ҳәр бир район ҳәм қалаларда айында еки мәрте шөлкемлестириледи. Район ҳәм қала ҳәкимликлериниң басламасы менен жойбарлар ярмаркасы өткерилетуғын орын таңлап алынып, ярмарка өткерилетуғын сәнеде үш жумыс күни алдын мәҳәлле уйымы ҳәм социаллық тармақлардағы мәҳәллеге тийисли топарларда дағаза жайластырылады. Ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банклери мәҳәллелерден жаңа жойбар ислемекши болған, кредитке уқыплы қарыйдарларды жойбарлар ярмаркасына алып барыўы көрсетилип өтилген.
Мине, усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген ярмаркада райондағы аўыл ҳәм мәҳәллелерге бириктирилген банклер бағдарламалар шеңберинде өз қаржылары есабынан кредит өнимлери бойынша көргизбели материалларын таярлап, белсене қатнасады. Бириктирилген банклер келген физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бизнес режелерин көрип шығып, олардың талапларынан келип шыққан ҳалда кредит қаржыларын ажыратып барыўды өз мойнына алады.
Әмиўдәрья районы Мәденият бөлими имаратында өткерилген дәслепки ярмаркада мәҳәллелерге бириктирилген коммерциялық банклердиң ўәкиллери, ҳәким жәрдемшилери ҳәм исбилерменлер қатнасты. «Жойбарлар ярмаркасы» илажы шеңберинде халықты исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў бойынша ислеп шығылған бизнес режелер таныстырылды. Ярмарка шеңберинде бир қатар интакерлердиң жойбарлары коммерциялық банклер тәрепинен мақулланды ҳәм кредит ажыратқан ҳалда қаржыландырыў ушын таңлап алынды, – деп мәлимлеме береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызметиниң басшысы Чарос Арслонова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги