Судланғаны туўысқанларға тәсир етпеўи нызамда беккемленбекте

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Конституциясының жаңа редакцияда қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды.
Нызам жойбары менен Жынаят-процессуал кодекси ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы нызамға бир қатар өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, адамның судланғаны ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеўге тийкар болыўы мүмкин емеслигин нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Додалаўлар даўамында депутатлар айырым нормалар бойынша анықластырыўшы сораўларды ортаға таслады ҳәм жуўап алды. Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жаңа редакциядағы Конституциямыздың сөзсиз ҳәм толық әмелге асырылыўына, пуқаралардың суд арқалы қорғалыўының кепилликлерин тәмийинлеўге хызмет етеди. Нызам жойбары екинши оқылыўда қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА