«Мен бул жерге кубокти жеңип алыў ушын келдим» – Абдуқодир Ҳусанов «Манчестер Сити»де дәслепки мәрте интервью берди (видео)

135

«Манчестер Сити» футболшысы Абдуқодир Ҳусанов клуб қурамында дәслепки мәрте интервью берди.

Ҳусанов неге бул клубты ҳәм не ушын 45-номерди таңлағаны ҳаққында айтты.

«Манчестер Сити» – дүньяның ең жақсы клубларынан бири. Мен бул жерге кубокти жеңип алыў ушын келдим. Мен ҳәр дайым қыйыншылықларға дус келдим… Ҳеш нәрседе тоқтаў жоқ. Бул тек мениң ушын емес, пүткил Өзбекстан ушын үлкен жетискенлик.

Беларусьтағы клубта 45-номерде ойнадым. Сол себепли бул жерде де 45-номерди таңладым.

Бул еле басланыўы. Еле көп өзбеклер Англияда ойнайды.

Әкемниң футбол ойнағанын көрип, менде де қызығыўшылық пайда болған. Бардым…

«Манчестер Сити» – дүньяның ең үлкен клубларынан бири. Тренери болса дүньядағы ең жақсыларынан. Бул жерге сол себептен келдим», – дейди Ҳусанов.

«Манчестер Сити» клубы өзбекстанлы қорғаўшы Абдуқодир Ҳусанов пенен шәртнама дүзди. Ҳусанов ҳәм клуб арасында 4,5 жыллық шәртнама дүзиў күтилип атырған еди. Романо да өзиниң социаллық тармақтағы бетинде шәртнама дүзилгенин тастыйықлады. Келисимге бола, шәртнаманы және бир жылға созыў мүмкин.

Ҳусанов Франция клубы қурамында 31 ойында майданға түсип, бир мәрте голлы пась әмелге асырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги