CNN өзбек илимпазлары ҳаққында мақалалар жәриялады

239

Үлкемизден жетисип шыққан уллы илимпазлардың илимий изленислери ҳәм ойлап табыўлары, ағартыўшылық-илимий мийрасы дүнья илимпазлары тәрепинен бәрқулла жоқары дәрежеде тән алынған.

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы баспасөз хызметине бола, дүньяның жетекши мәлимлеме платформаларынан бири – CNN Өзбекстанның уллы илимпазлары ҳаққында бир қатар мақалалар басып шығарды. Онда Ахмет ал-Ферғаний, Муҳаммед аль-Хорезмий, Әбиў Райхан Беруний ҳәм Ибн Сина сыяқлы илимпазлардың өзбек миллетине тийисли болғаны айрықша атап өтилген.

Алгебра пәниниң тийкарын салыўшысы сыпатында атап өтилген Ал-Хорезмий ҳаққында пикир билдирип, оның «Ал-китоб ал-мухтасар фи ҳисоб ва ал-муқобала» шығармасы математиканың раўажланыўына қосқан үлеси айрықша атап өтиледи. «Ҳәр сапары смартфон ямаса компьютерден пайдаланғанымызда Муҳаммед ибн Мусо ал-Хорезмийдиң илимий мийрасына дус келемиз», делинеди мақалада.

Басылымның атап өтиўинше, тоғызыншы әсирдиң белгили өзбек илимпазы Ал-Ферғаный исламның илим раўажланған Алтын дәўирине үлкен үлес қосқан. Ол астрономия, математика ҳәм география пәнлеринде жетик қәниге болып, ҳәм илим тарийхында, ҳәм ислам цивилизациясында өз орнын беккемлеген.

Әбиў Райхан Берунийди тәрийплеп, CNN оны дүньяны өлшеген адам сыпатында атап өтеди. Ерискен жетискенликлери менен көплеген заманагөй илимлерге тийкар салған уллы илимпаз сыпатында тән алады. Оның Жердиң айланыўы ҳаққындағы гипотезасынан баслап Жер диаметрин өлшеўге шекемги шығармалары антикалық дәўир мийрасы ҳәм келешектеги жаңалықлар, соның ишинде, кейин ала Ояныў дәўириндеги Европада пайда болатуғын инновациялар арасында көпир болғаны атап өтиледи.

Әбиў Әлий ибн Сина, медицинаның атасы сыпатында танылған, «Тиб қонунлари» шығармасы менен белгили болып, ол көп әсирлер даўамында Европада ҳәм Шығыста медицианың тийкарғы қолланбасы болып хызмет еткен. Сондай-ақ, ол философия тараўында да шығармалар жазған.

Бул илимпазлардың илимий мийрасы ҳәзирги күнде де өз әҳмийетин жойытпаған болып, олардың шығармалары дүнья илиминиң раўажланыўы жолында хызмет етпекте.

Сондай-ақ, усы айдың соңында CNN белгили астроном ҳәм математик Мырза Улығбек ҳаққында да мақала жәриялаўы күтилмекте.

Н.Усмонова, ӨзА