Медицина хызметкерлери мәмлекетлик бағдарлама жойбарын додаламақта

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң “Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў бөлими” ниң басламасы менен партияның Бозатаў районлық Кеңеси тәрепинен “Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ” жойбары шеңберинде мәҳәлледе “Темир дәптер” ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери” дизиминде турған кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларды бийпул медициналық тексериўден өткериў мақсетинде Бозатаў районы “Еркиндәря” АПЖ аймағында жайласқан районлық медицина бирлеспесине қараслы “Ақеден” ШШП да ушырасыў болып өтти.
Илажда Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң депутатлары Г.Бекбосинова, Ж.Жуманазаров ҳәм ӨзЛиДеП районлық Кеңеси аппараты баслығы Б.Қутлимуратов, сондай-ақ, медицина тараўы хызметкерлери қатнасты.
Онда “Темир дәптер” ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери” дизиминде турған, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж ҳаял-қызлардың бийпул медициналық тексериўден өткерилиўи, олардың жасаў шараятларынан хабардар болыў мәселелеринде әмелге асырылған жумыслар және келешекте орынланыўы зәрүр болған ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң депутаты Гүлшаҳира Бекбосинова шығып сөйлеп, медицина тараўы хызметкерлерине “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылында әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының мазмун-мәниси ҳаққында толық түсиник берип өтти.
Мәмлекетлик Бағдарлама жойбарында орын алған 2025-жылдан баслап медицинаның басланғыш буўынында шаңарақлық поликлиникалар, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм мәҳәлле медицина пунктлеринде халыққа басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжели системасын енгизиў, аналар ҳәм балалар өлимшилигин азайтыў, саламат балалықты тәмийинлеў, қәўипли топарына киретуғын халықты онкологиялық кеселликлер бойынша скрининг тексериўлеринен өткериў, сондай-ақ, ҳаял-қызларды мийнет базарында бәсекиге шыдамлы кәсип-өнерлерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў және олардың арасында исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы бир қатар басламалар медицина хызметкерлери тәрепинен тән алынды ҳәм қоллап-қуўатланды.
Ушырасыў медицина хызметкерлериниң қызғын пикир-таласларына бай болып, мәмлекетлик бағдарламаны буннан былай да жетилистириў мақсетинде олардың пикир-усыныслары ҳәм мүрәжатлери жазып алынды.

Илаж соңында мәҳәлледеги “Темир дәптер” ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери” дизиминде турған ҳаял-қызлар ушын бийпул медициналық тексериў шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги