Дилназ Мурзатаева Бахрейнде беллеседи

232

17-19-январь күнлери Бахрейн мәмлекетиниң пайтахты Манама қаласында қылышласыў спортының шпага түри бойынша жаслар арасында жәҳән кубоги басқышы болып өтеди.

Бул жарысқа қатнасыў ушын Өзбекстан сайланды командасының 10 спортшысы Манамаға жөнеп кетти.

Әҳмийетли тәрепи сонда, бул жарыста сайланды команда қурамында қарақалпақстанлы Дилназ Мурзатаева да қатнасады. Спортшымызға алдағы беллесиўлерде жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўине тилеклеслик билдиремиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы