Өткен жылдың жуўмағында ҳәкимлердиң аймақлық режелери белгилеп алынды. Ҳәр бир район кесиминде орынланыўы зәрүр болған индикатолар топламы ислеп шығылды.
Соның ишинде, быйыл 27 район ҳәкими инвестицияны 200 миллион доллардан асырыў режесин алған. Мәселен кейинги бес жылда Үшкөпирде сырт ел инвестициясы 10 есеге артып, 100 миллион долларға жетти. Район ҳәкими 2025-жылы буны 200 миллион долларға жеткериўди мөлшерлеген.
Бирақ 10 район ҳәкиминиң режеси 40 миллион долларға да жетпейтуғыны көрсетип өтилди. Булар Миришкар, Көкдала, Баябут, Бандихан, Узын, Шерабад, Бекабад, Ташкент, Риштан, Гүрлен районлары.
Жуўапкерлерге бул районларға жаңа жойбарлар пакетин дүзип, кеминде 100 миллион долларлық режени тастыйықлаў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги