Өткен жылы Беруний, Қараөзек, Қоңырат,  Қораўзак, Қўнғирот, Пешку, Янгиабад, Қамашы, Ханқа, Шабат районларында инвестиция 15 миллион долларға да жетпеди. Ромитан, Дийқанабад, Миришкар,  Шырақшы, Нарпай, Нурабад ҳәм Гүлистан районларында, Аҳангаран қаласында экспорт азайған.

Усы 16 район ҳәм қала ҳәкимлерине сөгис жәрияланды.

Аймағына инвестицияларды тартыў, аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы жумысында бир қатар кемшиликлерге жол қойғаны ушын Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими Акмалжан Маҳмудалиев лаўазымынан босатылды.

Енди инвестиция бойынша жаңа қадағалаў системасы болатуғыны белгиленди.

Бунда Бас министр быйылғы 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясы бойынша айма-ай режени тастыйықлайды, ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери, тараў басшылары ҳәптеде еки күн инвестиция менен шуғылланады.

Жуўапкерлер тынбай аймақларға барыўы, исбилерменлер менен ушырасыўы, мәселени орнында шешиўи шәрт екени көрсетип өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги