«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама жойбарында мәмлекетлик хызмет тараўын және де жетилистириўге итибар қаратылған.

Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Психологиялық баҳалаў ҳәм социаллық изертлеўлер методологиясы басқармасының бас инспекторы Сарвар Саидов усы бағдарда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында төмендегилерди айтып берди:

– Заманагөй социаллық-экономикалық ҳәм технологиялық өзгерислер  мәмлекетлик хызметкерлердиң таярлығы ҳәм раўажланыўында жаңа процесслерди енгизиў  талап етпекте. Санлы технологиялардың енгизилиўи ҳәм мәмлекетлик басқарма тараўындағы жаңа шақырықлар шараятында басқарыў  компетенциясын қәлиплестириў мәмлекетлик уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўдың әҳмийетли факторына айланды.

Атап айтқанда, үлкен мағлыўматлар (big data) ҳәм автоматластырылған таллаў системалары сыяқлы инновациялық технологияларды енгизиў кадрлардың ресурсларын ғалаба ен жайдырыў ушын жаңа имканиятларды жаратпақта.

Өзбекстан Республикасы заманагөй ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыўма системасын жаратыўға умтылып, халықаралық тәжирийбени жедел енгизбекте ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң компетенциясын раўажландырыўдың өзине сай  модделлери ислеп шығылмақта.

Бул процессте кадрлардың таярлығын арттырыў сапасы, компетенцияға  тийкарланған процессти енгизиў ҳәм жаңа басқарыў ҳәм кәсиплик көнликпелерди раўажландырыўға қаратылған реформаларға орайлық орынды ийелейди.

Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлық басқарма уйымлары менен биргеликте, халықаралық экспертлерди тартқан  ҳалда мәмлекетлик пуқаралық хызметкериниң компетенция моделин ислеп шықпақта.

Оның ушын  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 40 тан аслам баянат ҳәм көрсетпелери, Өзбекстан Республикасының стратегиялық раўажланыўына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талланды. Сондай-ақ, компетенцияларды ислеп шығыў тараўында тәжирийбеге ийе болған  14 сырт ел ҳәм 5 халықаралық шөлкемниң тәжирийбеси үйренилди.

Усы компетенция  моделин ислеп шығыўда анкеталастырыў методикасы қолланылды. Жоқары ҳәм орта буўын басшылары, министрдиң орынбасарлары, департаментлер, басқармалар ҳәм бөлимлердиң басшылары арасында  350ден аслам басшылардан анкета алынды. Сондай-ақ, ўәлаятлар ҳәкимлериниң орынбасарлары ҳәм 50 ден аслам район (қала) ҳәкимлери менен интервью өткерилди.

Таллаў нәтийжелери тийкарында мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң  нәтийжели жумысын тәмийинлеў ушын зәрүр болған 10 әҳмийетли компетенциядан ибарат модель ислеп шығылды.

Олар төмендегилерден ибарат: лидерлик – жәмәәтти руўхландырыў, бағдарлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў қәбилети улыўма мақсетлерге ерисиў  ушын бирге ислесиў; нәтийжеге бағдарлағаны – мақсетке ерисиў жолында анық нәтийжени түсиниў, оған умтылған ҳалда табысқа ерисиў ушын қыйыншылықларды жеңип  өтиў қәбилети; стратегиялық пикирлеў –  жағдайды баҳалаў, нәзик тәреплерди сезиў, мағлыўматларды таллаў, стандарт болмаған шешимлерди табыў ҳәм жуўмақ шығарыў қәбилети; мақсетлерди белгилеў – анық мақсетлерди белгилеў ҳәм түсиниў, оларға ерисиў ушын анық  режелерди ислеп шығыў қәбилети; машқалаларды шешиў – қыйыншылықларға нәтийжели шешим табыў, анық емес шараятларда да мақсетлерге  ерисиў қәбилети; өзгерислерди басқарыў – жаңа шараятлар, технологиялар, процесслер ямаса структураларға бейимлесиў қәбилети, қарарлар қабыл етиў – мақсетлер, шеклеўлер, қәўип-қәтерлер ҳәм қарама-қарсы көзқарасларды есапқа алған ҳалда өз ўақтында дурыс қарар қабыл етиў қәбилети; өзин-өзи раўажландырыў – билим, көнликпе, жеке пазыйлетлер ҳәм дүньяқарасты белсене ҳәм мақсетли түрде раўажландырыў қәбилети; интакерлик – жуўапкершиликти өзине алыў, идеяларды усыныс етиў ҳәм мақсетлерге ерисиў ушын әмелий қәдемлерди таслаў қәбилети; қатаңлық – исеним менен ҳәм қатаңлық пенен ҳәрекет етиў, болыўы мүмкин  болған машқалалар ҳәм қәўипти алдыннан көре билиў қәбилети.

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 4 –октябрьдеги қарары менен Басшы кадрларды баҳалаў орайы шөлкемлестириледи. Оның тийкарғы мақсети заманагөй технологиялар тийкарында басшы кадрлардың жумысы, билими ҳәм көнликпелерин баҳалаў, нәтийжелерди таллаў ҳәм басқарыў имканиятларын  жаратыў болып есапланады.

“Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында”ғы нызамның 120-статьясына бола, мәмлекетлик  хызметкерлер өзиниң кәсиплик компетенциясын турақлы арттырыўы шәрт. Бул бағдарда 2021-жылдан 2024-жылға шекем 415 тен аслам оқыў курсы ҳәм тренинглер  шөлкемлестирилди, оларда  166 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкер қатнасты.

2024-жыл даўамында Миллий кадрлардың резервине киргизилген 1 мың 166  талабан, Перспективалы кадрлардың резервине киргизилген 494 талабан, министрлик ҳәм уйымлардың орайлық аппаратларында ислеп атырған 807  структура басшылары, орта ҳәм төменги  буўынның  1 мың 644 басшысы, кадрлар  менен  ислесиў ушын жуўапкер болған 363 структура басшылары, Халық қабыллаўханалары системасында ислейтуғын 464 басшы, район ҳәм қала ҳәкимликлеринде жумыс ислеп атырған 1 мың 343 қәниге, аймақлық ҳәкимшилик селекторлары бойынша жақында тайынланған 52 басшы ҳәм халықаралық  рейтинг ҳәм  индекслер бойынша жуўапкер, 51 министрлик ҳәм уйым хызмектери компетенциялық  қатнасқа тийкарланған маманлығын арттырыў  курсларында оқыды.

Сондай-ақ, арнаўлы таярлаў бағдарламалары, соның ишинде, “Ҳаял-қызлар басшылар мектеби”, “Ҳәкимлерди таярлаў мектеби”, “Мәҳәлле жетилиги” бағдарламалары да әмелге асырылмақта. Бул бағдарламалар мәмлекетлик хызметкерлердиң профессионализми ҳәм компетенциясын арттырыўға қаратылған.

Өзбекстанда халықаралық бирге ислесиў тийкарында мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң сапасын арттырыўға қаратылған жойбарлар халықаралық шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылмақта. БМШ Раўажланыў бағдарламасының “Мәмлекетлик хызметлерди жетилистириў ҳәм Өзбекстанның аўыллық аймақларында басқарыў дәрежесин арттырыў” жойбары; GIZдиң “Сәйкес мәмлекетлик басқармасы” жойбары, USAIDтың “Өзбекстанда жергиликли мәмлекетлик басқарыўды раўажландырыў” жойбары усылардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, халықаралық бағдарламалар шеңберинде Германия, Қытай, Түркия, Корея сыяқлы мәмлекетлерде турақлы түрде сырт ел стажировкалары шөлкемлестиридмекте.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң басқарыў компетенцияларын қәлиплестириў процесине заманагөй мәлимлеме технологиялары жедел енгизилмекте. Атап айтқанда, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер ушын аралықтан маманлық арттырыў курслары ислеп шығылып, енгизилди.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанда мәмлекетлик хызметкерлердиң компетенциясын раўажландырыўдың нәтийжели моделин енгизиў  мәмлекетлик  басқарыў системасында реформаларды және де жетилистириўге тийкар жаратады. Әне, усы бағдарда  быйылғы жылы да әҳмийетли жумыслар әмелге асырылады. Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары, мәмлекетлик үлеси бар коммерциялық банклер ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылық лаўазымлары ушын компетенция  моделин ҳәм профессионал компетенцияларын баҳалаў системасын енгизиў нәзерде тутылған.

Норгул Абдураимова, ӨзА