Шоманай районындағы Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 10-санлы мектеп имараты жанында жасыл қапламалы футбол майданшасы ҳәм волейбол, баскетбол майданшалары  пайдаланыўға тапсырылды.

Майданшаның ашылыў мәресимине район ҳәкими А.Аметов, аймақ турғынлары ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты.

Ашылыў мәресиминде район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақ турғынларын байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Ашылған бул объектлерде усы күнниң өзинде Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланып, жаслар арасында киши футбол ҳәм волейбол спорт түринен жарыс өткерилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, райондағы Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ҳәм мектеп жәмәәти “Басламалы бюджет” есабынан жасыл қапламалы футбол майданшасы ҳәм волейбол, баскетбол майданшаларын даўысқа қойып, 902 миллион сум қаржы утып алған еди. Қурылыс жумыслары Нөкис “Арал бойы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги