Ҳәзирги ўақытта елимизде электр энергиясын үнемлеўши технологияларды енгизиўде бир қатар жеңилликлер жаратылмақта.

Шоманай районындағы Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқара А.Султанова да усындай жеңилликлерден пайдаланып, турақ жайына 3 кВт.лық қуяш панелин орнатып, өз зәрүрлигинен аўысқан электр энергиясын сатып, дәрамат алмақта.

– Былтыр үйимизге қуяш панели қурылып берилип, электр энергиясы бойынша қәжетлеримиз азайды. Қуяш панели қурылмастан алдын айына 200 мың сумдай қәрежет электр энергиясы ушын жумсалатуғын еди. Жаз айларында қуяш панели арқалы ислеп шығарылған электр энергиясынан ҳәр айда 400-500 мың сумнан дәрамат пластик картамызға түсип турды. Ҳәзирги қыс айларында 150-200 мың сумнан дәрамат түсип атыр. Ҳәр бир шаңараққа қуяш панелин қурып усындай шараятларды жаратып берип атырғаны ушын Президентимизден ҳәм республикамыз басшыларынан миннетдармыз,-дейди А.Султанова.

Халқымыздың талабын орынлаў, абаданлығын арттырыўға қаратылған бундай илажлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги