Хабарыңыз бар, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасының орынланыўы бойынша мәҳәллелерге республика дәрежесиндеги жуўапкерлер бириктирилген. Бул жуўапкерлер өзлерине бириктирилген мәҳәллелерде болып, орын алған машқалаларды сапластырыў илажларын көрмекте.
Кегейли районындағы 4 мәҳәллеге жуўапкер Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев район ҳәкими А.Камалов ҳәм мәҳәлле баслықлары менен ушырасты.
Ушырасыўда “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасында көрсетилген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер додаланды.
Суў хожалығы министри “Кегейли” магистрал каналын шөгиндилерден тазалаў, аймақтағы ишки каналларды бетонлаў жумыслары менен де танысты. Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы суў хожалығы мәкемелериниң басшылары менен тараўда әмелге асырылатуғын жумысларды талқылап, зәрүр тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги