«The Information» порталының мағлыўматына бола, TikTok басшылығы быйыл 19-январьдан баслап АҚШта  өз қосымшасының жумысын тоқтатыўға таярлық көрмекте.

Өткен жылы қабыл етилген жаңа нызамға тийкарланған Қытайдың «Byte Dance» компаниясы усы социаллық тармақты сатыўы ямаса көрсетилген сәнеге шекем АҚШ аймағындағы жумысын тоқтатыўы талап етиледи.

Қосымшаны шеклеў ҳаққындағы нызамды ҳәр еки партия қоллап-қуўатлаған болса да, бул мәселе демократлар ҳәм республикашылар арасында қызғын додалаўға себеп болды. TikTok пайдаланыўшыларының  тийкарғы бөлеги болып есапланған жаслар да тармақ бийкар етилиўин белсене қоллап-қуўатлады.

Еслетип өтемиз, сайланған Президент Дональд Трамп 2020-жылы да компанияға қосымшаны сатыў усынысын берген.

ӨзА