Абу-Даби қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Президентлери арасында болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

-Стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында декларация;

-Инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

-Қаржылай-техникалық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

-Стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

-инвестициялар, санаат ҳәм алдыңғы технологиялар, әдиллик, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, пайдалы қазылмалар тараўларында бирге ислесиў ҳаққында уйымлараралық келисимлер;

-Мәденият тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында баянат, Дипломатиялық академиялар арасындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим ҳәм басқалар.

ӨзА