Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, Саўда-санаат палатасының баслығы К.Артыковлардың басшылығында семинар болып өтти.

Мақсет  – Өзбекстан Республикасының Салық ҳəм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларын, салық салыў тəртибине киргизилген өзгерислердиң мазмун-мəнисин исбилерменлерге жеткериў болып есапланады.

Илажда басқарма баслығы К.Артыков шығып сөйлеп,  тийкарғы салықлардың ставкаларының өзгермегенлигин, атап айтқанда, қосымша қун салығы (ҚҚС) ҳəм пайда салығының ставкасы 2028-жылдың 1-январына шекем өзгериссиз қалдырылғанлығын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, семинарда қəнигелер тәрепинен Салық кодексиниң 30 дан аслам статьясына киргизилген өзгерислер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги