Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров Төрткүл районының «Өзбекстан», «Туркман коли», «Яхтилик», «Машал» мәҳәллелеринде жасайтуғын пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.

Өткерилген қабыллаўда 40 тан аслам пуқаралар қатнасып, тийкарынан балалар напақасын тайынлаў, майыплылық топарын белгилеў, емлениў ҳәм турақ жай оңлаўы ушын «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў, жалғыз кексе ҳәм майыплығы болған шахсларды дизимге киргизиў, санаторийларға жолламалар бериў, сондай-ақ емлениўге ордер алыў ҳәм басқа да машқалаларын айтып өтти.

«Бүгинги көшпели қабыллаўга келип мүрәжат еттим. Мүрәжатым балалар напақасын алыў бойынша еди. Өмирлик жолдасым 1-топар майыбы. Мүрәжаатым бойынша мени карар тийкарында өмирлик жолдасыма қарайтуғын етип бекитип, соң ҳүжжетлеримди тапсырсам маған балалар напақасы тайынланатуғынлығын айтты. Мүрәжатым унамлы шешилгенинен куўанышлыман» – дейди «Өзбекстан» мәҳәллесинен З.Жунусова.

Машқалалардың көпшилиги сол жерде шешилген болса, шешими белгили ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар тийисли жуўапкерлерге бекитилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги