14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни
Өз елин жаўдан қорғаған, елдиң абырайын үстин қойып, өлимге тик баққан садық инсанлардың қәдири ҳәмийше уллы. Себеби, ҳеш бир хызмет Ўатанды қорғаў сыяқлы шын мәниде уллылыққа ийе емес. Мәрдана гүресиў, қаҳарманлық көрсетиў бабаларымыздан бийбаҳа турмыслық мийрас болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен пайтахтымызда жайласқан саўлатлы «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайында салтанатлы мәресим шөлкемлестирилди.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, әскерлер, шайыр ҳәм жазыўшылар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-майор Шуҳрат Холмуҳамедов оқып еситтирди.
Президентимиздиң қутлықлаўында бүгинги күнде бәршемиз, қайсы тараўда ислемейик, Ўатан қорғаўшысы болыўымыз шәрт екени айрықша атап өтиледи.
Илаждың көркем өнер бөлегинде Ўатанымыз гимни атқарылды.
Буннан соң, Президентимиздиң басламасы менен армия системасында шөлкемлестирилген «Әмир Темур жаўынгерлик байрағы» сыйлығының жеңимпазы болған Қубла-батыс әскерий арнаўлы округ әскерлери сәркардасы генерал-майор Фарҳоджан Шерматовқа салтанатлы түрде тапсырылды.
Ҳақыйқатында да, халқымыздың басына аўыр, сынақлы күнлер түскенде, оның азатлығын, қәўипсизлигин қорғай алатуғын мәрт перзентлеримиз душпанға қарсы мәрдана гүрескени тарийхымыз алтын бетлерине жазылған. Тумарис, Спитамен, Муқанна, Жалоладдин Мангуберди, Әмир Темур сыяқлы сәркардалардың исмлери неше әсирлер өтсе де, халқымыздың қәлбинде мәңги жасамақта. Олардың ерлигин даўам еттирип, елимиз тынышлығына ҳәм раўажланыўына үлес қосып атырған мәрт жигитлердиң ислери салтанатлы мәресимде және бир мәрте улығланды.
Сондай-ақ, тыныш ҳәм абадан турмысты, ғәрезсизлигимиз ҳәм усы жолда аянбай хызмет етип атырған мәрт жигитлеримизди, ўазыйпасын атқарып атырған әскерлерди жырлайтуғын көркем-музыкалық бағдарламалар қойылды.
– Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған илажға көп мәрте қатнасқанбыз, – деди Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплар бирлеспеси баслығының орынбасары, Ташкент қалалық кеңесиниң баслығы, полковник Рустам Султанов. – Бул ретки мәресимде әскерлердиң, көркем өнер ғайраткерлериниң елимизди жырлайтуғын тамашалары ҳәр қашанғыдан да толқынландырды, – десем алжаспайман. Көплеген бағдарлар қатарында әскерий тараў ўәкиллерине мәмлекетимиз тәрепинен қаратылып атырған итибарды олардың көзлеринен де түсиниў мүмкин. Ҳақыйқатында да жүрекке жетип баратуғын бағдарламаның гүўасы болдық. Шөлкемлестириўшилерге бул ушын миннетдаршылық билдиремиз.
Салтанатлы мәресимге Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддинжон Исмоилов қатнасты.
Абдулазиз РУСТАМОВ,
ӨзАның хабаршысы